ЖПХ хызметшисине өз хызмет ўазыйпасын жасырын усылда алып барыў қадаған етилди
Жол-патруль хызмети хызметшилериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы масламалардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы нызам тастыйықланды.
Әдиллик министрлиги мәлим етиўинше:
Транспорт тоқтатылғанда шофёр ЖПХ хызметшиси тоқтатылған аймақта дислокацияға тийкар хызмет өтип атырғанлығын тастыйықлаўшы дислокацияның көширмеси менен танысыўы мүмкин;
ЖПХ хызметшиси тәрепинен өзиниң дислокациясынан тысқары жерде рәсмийлестирилген баянламалар юридикалық күшке ийе болмайды;
ЖПХ хызметшиси транспортты ҳәм жүклерди көзден өткериў, транспортты қуўыў ямаса гүзетиў ҳуқықына ийе. Бунда жол ҳәрекети қатнасыўшыларының өмири ҳәм ден саўлығы ушын қәўипли ҳәрекетлер исленбеўи керек;
ЖПХ хызметшиси хызмет ўазыйпаларын белгиленген экипировкада әшкара усылда әмелге асырады ҳәм хызметти жасырын алып барыў қадаған етиледи.