Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ped.Institutta jańa joybarlar



 
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Б.Отемуратов АҚШтың Ташкенттеги елшиханасы ҳәм Америка кеңеси ўәкиллери Уильям О’Роарк ҳәм Ш.Суяроваларды қабыллады.
Ушырасыў даўамында Америка кеңеси жанындағы «Programma Uzbekistan Business Leaders» жойбары арқалы институтта өз исбилерменлик жумысларын баслап атырған жаслар ушын АҚШқа қысқа мүддетли стажировка шөлкемлестириў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, институтты аймақтағы илимий базаға айландырыў, оның имканиятларынан барлық пуқаралар пайдаланыў имканиятын жаратыў мақсетинде биргеликте «American Corner» заманагөй мәлимлеме-ресурс орайын ашыў бойынша тәреплердиң усыныслары тыңланды.
Сондай-ақ, институт ректоры Россия Илимлер Академиясы Н.Н.Миклухо-Маклай атындағы Этнология ҳәм антропология институты ўәкили Егор Китов пенен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда институттың тарийх факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен быйылғы жылдың апрель-май айларында Үлкен Қырық қыз қала археологиялық комплексинде қазыў жумысларын даўам еттириў мәселеси додаланды.
Ушырасыўда Егор Китов басшылығында қазыў жумысларына дүньяға белгили египтолог ҳәм бронза дәўирин изертлеген илимпазлардың да қатнасатуғынлығы ҳаққында айтып өтилди.
 
 
    2020-03-13 12:16:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine