Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жоқарғы Кеңесте инвестициялық бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 28-октябрь күни Кувейттиң «Аль Амакин аль-Аламий» корпорациясының басшысы Насер аль Ажмиди қабыллаў мәресими болды.
Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, үлкемиздиң географиялық жайласыўы, халқы, ҳәкимшилик басқарыў дүзилиси, табийғый байлықлары, сондай-ақ,  Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан таныстырды. Елимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки жыллардан баслап раўажланған мәмлекетлер, соның ишинде, Кувейт пенен ҳәр тәреплеме байланыслар жақсы жолға қойылмақта.

Өз гезегинде «Аль Амакин аль-Аламий» корпорациясының басшысы Насер аль Ажми жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Алдағы ўақытлары түрли тараўларда бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
Илаж соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм Кувейттиң «Аль Амакин аль-Аламий» корпорациясының басшысы Насер аль Ажми арасында улыўма баҳасы 20 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестициялық бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойылды.


 Қарақалпақстан хабар агентлиги.
    2018-10-30 11:17:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine