Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жоқарғы Кеңес Баслығы Түркия елшисин қабыл етти



6-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Туркия мəмлекетиниң Өзбекстандағы Айрықша ҳəм толық ҳуқықлы елшиси Ахмет Башар Шен, Туркия Денсаўлықты сақлаў министрлиги Саламатлық сиясатлары Бас Басқармасы Баслығы Ориф Четин ҳəмде  Туркия бирге ислесиў ҳəм муўапықластырыў агентлиги басшысы Али Эҳсон Чағларды қабыл етти. Бул ҳаққында Қаракалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баспасөз хызмети хабар берди.
Қабыллаў мəресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында əмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, дөретиўшилик жумыслар менен жақыннан таныстырды ҳəм республикамыз халқына, əсиресе, балаларға көрсетип атырған медициналық хызметлери ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип өтти.  
Мағлыўмат ушын атап өтсек, Туркия мəмлекетинен келген медицина хызметкерлери 2-9-ноябрь күнлери республикамызда болып, халықты медициналық тексериўден өткермекте ҳəм наўқасларға, əсиресе, жас балаларға пластик ҳəм реконструктив хирургиялық əмелиятын өткермекте.
    2018-11-07 12:19:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine