Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик күшейтилди



Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Нызам Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызам менен Жынаят кодекси бир қатар жаңа нормалар менен толтырылды.
Атап айтқанда, суўғарылатуғын жерлерди өз босымшалық пенен ийелеп алыўға жол қоймаў бойынша шаралар көрмеў, сол қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленсе ең кем айлық ис ҳақының 100 есесинен (20 млн 273 мың) 150 есесине шекем (30 млн 409 мың 500 сум) жарийма ямаса 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса үш жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.
Тап сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик де белгиленеди.
Буннан тысқары, Жынаят кодексинде жер бериў тәртибин бузғанлық ушын да жуўапкерлик белгиленди, усы жынаят ушын ең кем айлық ис ҳақының 150 есесинен (30 млн 409 мың 500 сум) 300 есесине шекем (60 млн 819 мың сум) жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет дүзетиў жумыслары ямаса арнаўлы ҳуқықынан айырып, бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, көшпес мүлкке болған хуқықларды мәмлекетлик дизиминен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпегенлиги ушын пуқараларға 202 мың 730 сумнан 608 мың 190 сумға шекем, лаўазымлы шахсларға 608 мың 190 сумнан 1 млн 13 мың сумға шекем жәрийма өндирилиўине байланыслы норма киргизилди.
Жер кодексине киргизилген қосымшаларға муўапық, тәжрийбе-ислеп шығарыў, оқыў, оқыў-тәжрийбе ҳәм оқыў-ислеп шығарыў хожалықлары, илимий-изертлеў ҳәм басқа аўыл хожалық мәкемелери ҳәм шөлкемлерине де жер участкалары берилиўи белгиленди.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2019-03-05 18:01:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine