Жәмәәтшилик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында Өзбекстан бас прокуроры Қарақалпақстан аймағына бириктирилди
Президент қарарына муўпық, 2019-жыл 1-январьдан жәмәәтшилик қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында мәмлекет органлары, шөлкемлер ҳәм жәмәәтшилик дүзилислериниң искерлиги шөлкемлестирилиўи ҳәм муўапықластырылыўын тәмийинлеў ушын ҳуқықты қорғаў мәкемелери басшылары аймақларға бириктирилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги
хабар берди. Атап айтқанда:
Бас прокурорға – Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятлары, сондай-ақ, Ташкент қаласының Чилонзор районы;
Миллий гвардия командирине – Андижан, Наманган, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятлары, сондай-ақ, Ташкент қаласының Олмазор районы;
Ишки ислер министрине – Жиззах Самарқанд, Сырдәрья, Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары. Сондай-ақ, республиканың барлық аймақларында төмендегише әмелият басқышпа-басқыш енгизиледи:
Прокуратура органлары тәрепинен ишки ислер органлары менен биргеликте мәҳаллелер кесиминде жынаятлар көрсетилген район (қала)лардың электрон геоинформациялық карталары дүзиледи ҳәм системалы жүргизиледи;
Қәўиплерди ҳәм де жынаятлардың ислениў себеплери ҳәм шараятларын анықлаў, олардың алдын алыў бойынша өз стратегияларын ислеп шығады.