Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жаслар аўқамы Өзбекистандағы ең жақсы китап оқыўшыға Spark саўға етеди



Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық, Жаслар аўқамы тәрепинен «Жас китап оқыўшы» таңлаўы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында аўқамның баслығы Қаҳрамон Қуронбоевтиң Facebook’дағы бетинде мәлим етилди.
«Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет – балалар ҳәм жаслар арасында китап оқыў ҳәм китап оқыў мәдениятын арттырыў, олардың интеллектуал потенциалы ҳәм руўҳый дәрежесин жоқарылатыўдан ибарат. Мыңлаған жаслар билимлерин сынаў ушын өз ҳүжжетлерин тапсырды», - делинген хабарда.
Усы жылдың 13-16-февраль күнлери таңлаўдың республика басқышы болып өтеди. Женимпазларға төмендеги саўғалар бериледи:
1-орын: «Президент саўғасы» - Spark автомашинасы;
2-орын: компьютер топламы (моноблок) ҳәм принтер (1х3);
3-орын: китаплар топламы (200 дана).
    2018-02-06 12:09:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine