Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жас палўанлар беллеседи



14-15- апрель күнлери пайтахтымыздағы Нөкис олимпиада резервлери колледжинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышлап, спорттың кураш түри бойынша 1991–2001-жыллары туўылған жас өспиримлер және қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты ҳәм Аўезхан Айтниязовтың 80 жыллық естелигине бағышланған республикалық турнир өткериледи.
Жарысқа жас өспиримлер 50, 55, 60, 66, 73, 81, 90 киллограмм, қызлар 44, 48, 52, 57, 63, 70  киллограмм салмақ категорияларында қатнасады.
Беллесиўге республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 150 ге шамалас палўанлар қатнасыўы күтилмекте.
Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет – елимизде кураш спорт түрин буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалабалығына ерисиў, Аўезхан Айтниязовтың өмир жолын кең жәмийетшиликке таныстырыў және мәңгилестириўден ибарат.
Жарыстың 1-2-орын жеңимпазлары Самарқанд қаласында өткерилетуғын Өзбекстан чемпионатына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизеди.
 
 Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2018-04-13 12:12:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine