Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жас исбилерменлерге мәмлекетлик мүлк объектлери “ноль” сатып алыў баҳасында бериледи



“Yoshlar — kelajagimiz” Мәмлекетлик дәстүри шеңберинде әмелге асырылатуғын исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарар менен төмендеги режелер тастыйықланды:
“Yoshlar — kelajagimiz” Мәмлекетлик дәстүри шеңберинде мәмлекетлик-жеке шерикшилик шәртлеринде “Yosh tadbirkorlar” коворкинг орайлары ҳәм “Yoshlar mehnat guzari” комплекслерин қурыў ҳәмде искерлигин шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы;
Қарар менен тастыйықланған режеге муўапық, мәмлекетлик –жеке шерикшилик шәртлери тийкарында коворкинг орайлары ямаса мийнет гүзарларын қурыў (жайластырыў) қәлеўин билдирген жеке шерикшилик район (қала) ҳәкимлигине арза менен мүрәжат етеди.
Коворкинг орайлары ҳәм мийнет гүзарларын қурыў ушын халық пунктлери қурамына киретуғын жер участкалары ажыратылады.
Сондай-ақ, усы ҳүжжет пенен коворкинг орайлары ҳәм мийнет гүзарларын қурыў ушын мәмлекетлик мүлк болған бос турған объектлерин “ноль” сатып алыў баҳасы бойынша реализация етиў тәртиби белгиленди.
Коворкинг орайлары ҳәм мийнет гүзарларын қурыўда қурылыс баҳасының 30 процентине шекем болған бөлими “Yoshlar — kelajagimiz” қоры қаржылары есабынан әмелге асырылады.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-11-29 17:07:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine