Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жақын ағайинлер автотранспорт қуралынан пайдаланыўы ушын исенимнама алыў бийкарланыўы мүмкин



Автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын ағайинлер ушын исенимнама алыў системасын бийкарлаў ҳаққындағы онлайн-петиция 13 мыңнан артық даўыс топлады. Бул петиция октябрьде «Менинг фикрим» жәмәәтшилик мүрәжатлар порталына жайластырылған еди.
Мүрәжат авторы Амирбек Кенжаевтиң айтыўынша, бундай исенимнаманы нотариус арқалы рәсмийлестириў көп ўақыт ҳәм шаңарақ бюджетин талап етеди. «Бийгана адамларға инсенимнама бериўди түсиниў мүмкин, бирақ, ата-ана баласы, аға-иниси, апа-сиңлиси бир-бирине исенимнама бериўи, ашығын айтқанда, қәдириятларымызға да, менталитетимизге де туўры келмейди», - деп жазады автор.
Мүрәжат ҳәзирги ўақытта «Көрип шығыў процессинде» статусында. Портал қағыйдаларына бола, мүрәжатты Өзбекстан Олий Мажлиси көрип шығыўы ушын ол ең кеминде 10 мың даўыс топлаўы керек. Петицияны көрип шығыў ҳәм қарар қабыллаў мүддети – 60 күннен аспаўы керек. Бул мүрәжатке даўыс бериў мүддети болса 12 күннен соң таўсылады.
 
    2019-01-04 17:08:55 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine