Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жаңалық: Өзбек әлипбесиндеги тек ғана төрт ҳәрип өзгеретуғын болды



Латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесине бир қатар өзгерислер киритиледи, деп жазады «Халқ сўзи».
Алишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик Өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанында дүзилген исши топар, сондай-ақ, түрли қәнигелер, жәмәәтшилик пикири есапқа алынып ҳәзир латын жазыўындағы төрт ҳәрип өзгеретуғын болды. Булар:
- Ў үнли ҳәриби қосымша белгилерсиз Ŏŏ көринсинде, Ғ ҳәриби Ğğкөринсинде жазылатуғын болды. Ҳәриплер бирикпеси арқалы дүзилген Чҳәм Ш ҳәриплери сәйкес түрде Çç ҳәм Şş ҳәриплерине алмастырылады.
- Сондай-ақ, нг сести де әлипбеде сақланып қалынатуғын болды.
- Кирилл әлипбесиндеги Ц ҳәрибин С көринисинде жаңа әлипбеге киритиў, сондай-ақ, Ж ҳәрибин еки көринисте бериў сыяқлы усыныслар қабылланбады. Нәтийжеде жаңа әлипбеге Цц ҳәриби киритилмеди ҳәм Жж ҳәриби биреў болып қалатуғын болды.
Еслетип өтемиз, 2018-жыл 15-майда «Латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесин кең енгизиў ҳәм еле де жетилистириў бойынша Ҳәрекетлер режеси» тастыйықланған ҳәм реже бойынша жыл соңына шекем анық усыныс берилиўи керек еди.
    2018-11-02 14:45:54 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine