Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жаңа жылда Орайлық Азия бойынша тек ғана Өзбекстанда 5 күнлик дем алыс бериледи



Орайлық Азияда Жаңа жыл дем алысы ең узақ даўам ететуғын мәмлекет – Өзбекстан. Бул ҳаққында «Хабар» газетасында мақала жәрияланған, деп жазады uz24.uz.
Өзбекстанлылар 5 күн – 2018-жылдың 30-декабринен 2019-жылдың 3-январына шекем дем алады.
Қосымша дем алғаны ушын 2018-жылдың 29-декабрь (шемби) ҳәм 2019-жылдың 5-январь (шемби) күнлери жумыс ислеп береди.
Қазақстан ҳәм Қырғызстан халқы Жаңа жылда 4 күн дем алады. 29-декабрьдеги (шемби) дем алыс 31-декабрьге (дүйшемби) көшириледи.
Қазақстандағылар 30-декабрьден 2019-жылдың 2-январына шекем дем алады.
Түркменстан ҳәм Тәжикстанда болса халық сондағы бир күн – 1-январь күни дем алады. News.tj хабарына бола, Тәжикстанның «Байрам күнлери ҳаққында»ғы нызамында тек ғана усы күни жумысқа бармаўға рухсат берилген.
    2018-12-14 17:26:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine