Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«ЎзМТРК» Қазақстанның «Хабар агентлиги» менен информация тараўында бирге ислесиўди жолға қояды



2-апрель күнм Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясында «Хабар агентлиги» АЖ басқарыўы баслығы Алмагул Ахметжанова, «Хабар» телеканалы директоры Ерлан Игисинов ҳәм «Kazakh TV» телеканалы директоры Сандуғаш Раимжанавадан ибарат Қазақстан Республикасы делегациясы менен ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында «ЎзМТРК» баслығы Алишер Хўжаев Facebook’дағы бетинде хабар берди. Сәўбет барысында мийманлар МТРК, сондай-ақ оның системасына кириўши жетекши телерадиоканаллар ҳәм кәрханалар искерлиги менен танысты. Ушырасыўда еки тәреплеме шерикшиликтиң бүгинги жағдайы ҳәм келешеги сөйлесилди. Тәреплер өз-ара байланысларды сапа жағынан жаңа басқышка көтериў ушын кең имканиятлар бар екенин айтты.
Сөйлесиў соңында МТРК менен «Хабар агентлиги» АЖ ортасында информация тараўында бирге ислесиўге байланыслы Меморандум тастыйықланды. Бул 2018-жылы Қазақстанда Өзбекстан жылын өткериў бағдарындағы илажлар шеңберинде әҳмийетли қәдемлерден бири болды, делинген хабарда.
 
    2018-04-03 06:02:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine