Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Ўзбекистон ҳаво йўллари» Британия  туристлик операторлары ассоциациясы ағзасы болды



«Ўзбекистон ҳаво йўллари» Уллы Британия бийғәрез туристлик операторлары ассоциациясы – АITО ағзасы болды. Бул ҳаққында миллий авиакомпания баспасөз хызмети мәлим етти.Бул еки мәмлекет ортасындағы туристлик байланысларды беккемлеў ҳәм Өзбекстанның туристлик потенциалын Британия базарында ғалабаластырыўда әҳмийетли қәдем екенин билдирмекте.
Бирлеспе ағзалығына «Ўзбекистон ҳаво йўллари» бренди ҳәм мәмлекеттиң туристлик өнимлерин кең үгит нәсиятлаў, сондай-ақ Уллы Британиядан Өзбекстанға туристлер ағымын көбейтиў имканын береди.
АITО өз қатарына 120ға жақын қәнигелестириген ҳәм еркин туроператорларды бирлестирген саўда топары болып, оның ағзалары дүньяның 170 тен артық мәмлекетинде жумыс алып барады. 1976-жылы дүзилген ассоциация штаб-квартирасы Лондонда жайласқан.
    2018-02-14 06:34:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine