Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Ўзбекистон 24» өз жумысын баслады



Бүгин, 24-июль күни саат 10:00 ден «Ўзбекистон 24»  информация-аналитикалық телеканалы эфирге шықты. Бул ҳаққында kun.uz хабар бермекте.
Телеканал жаңа формадағы жаңалықлар журналистикасы форматы тийкарында ишки ҳәм сыртқы сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пүткил мәмлекет аймағы бойлап туўрыдан-туўры 24 саат даўамында эфирге шығады.
Телеканал өзбек, рус ҳәм англичан тиллеринде эфирге шығады.
Бул телеканалды ашыў усынысы май айында мәмлекет Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен билдирилген еди. Президент бир неше мәрте журналистлерге жаңаша ислеў ҳаққында айтқан еди.
Телеканал ашылыўы Президент туўылған күни менен бир күнге туўра келди. Жаңа телеканалда 251 жумысшы ислейди, олардың айырымлары алдын да МТРК системасында ислеген. Телеканал сырт елде де хабаршылық орынларын ашыўды режелестирген. Режеге муўапық, телеканалдың 9 мәмлекетте хабаршысы болады.
 
    2017-07-24 11:20:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine