Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Үй-жай қурыў ушын жер участкалары аукцион арқалы сатылады



Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып, ендигиден былай, жеке тәртипте үй-жай қурыў ушын жер участкаларын алыў электрон аукционлар өткериў жолы менен әмелге асырылады, деп хабар беради «Spot».
0,04 гектар ҳәм усы көлем шеңбериндеги жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў ҳуқықы E-ijro auksion арқалы сатылады.
Арза район (қала) ҳәкимлигине бериледи ҳәм комиссия тәрепинен он күнде көрип шығылады.
Комиссия унамлы жуўмақ шығарса ҳәким жер участкасын бериў ҳаққында бир күн ишинде қарар қабыллайды ҳәм үш күнде жер участкасы шегаралары өлшеп бериледи.
Жер участкаларын аукцион арқалы алыўда, аукционлар өткерилиўи ҳаққындағы хабарнамалар 30 күн алдын «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы»ның веб-порталына жайластырылады.
Аукционда қатнасыўға буйыртпаларды қабыллаў хабарнама жайластырылған күннен баслап веб-порталда автоматикалық түрде басланады ҳәм аукционды өткериў күнинен еки жумыс күн алдын (саат 13:00де) жуўмақланады.
Аукцион жумыс күни даўамында саат 09:00ден 18:00ге шекем өткериледи. Басланғыш баҳа сыпатында аукцион объектиниң минимал қунына тең баҳа белгиленеди. Аукцион жеңимпазы бес жумыс күнинен кешиктирмей жер участкасының пулын төлеўи керек.
Белгиленген мүдетте пул төленбесе аукцкион нәтийжеси бийкарланады ҳәм жеңимпаздан кейин жер участкасының баҳасы бойынша ең жоқары ставканы қойған аукцион қатнасыўшысына жер участкасын алыў ҳаққында усыныс жибериледи.
    2019-01-31 17:12:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine