Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Япония Өзбекистанға 2,3 млн долларлық грант усынды



Япония Өзбекистанға 261 миллион иена муғдарында (2,3 миллион доллар) грант ажыратты. Бул қаржылар Өзбекистан мәмлекет компаниялары ҳәм министрликлери ушын қәнийгелер таярлап бериўге бағдарланады.
Японияның Өзбекистандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси, Япония халық аралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) ўәкилханасы баслығы Нобуаки Ито ҳәм Мәмлекет инвестициялар комитети баслығы Азим Ахмедхўжаев бүгин Ташкентте усы ҳаққындағы келисимди тастыйықлаған.
Өзбекистанлы қәнийгелер JDS координациялық жойбары шеңберинде Японияның жетекши жоқары оқыў орынларында оқытылады.
Өзбекистанлы жас мәмлекет хызметшилери 1999-жылдан баслап Японияда оқытылып келинеди. 17 жыл ишинде усы жойбар бойынша 309 степендиант усы бағдарлама арқалы Японияда оқып қайтқан.
    2017-10-11 08:36:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine