Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ҳәр жылы 8-март қарсаңында “Мўътабар аёл” көкирек белгиси тапсырылады



“Мўътабар аёл” көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳақкындағы Ҳүкимет қарары (МК қарары-257, 02.04.2018-жыл) қабыл етилди.
Қарарға муўапық “Мўътабар аёл” көкирек белгисин 8-март- Халықаралық ҳаял-қызлар күни қарсаңында тапсырылады. “Мўътабар аёл” көкирек белгиси менен хошаметлеў Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети Басқарыўының  қарары тийкарында әмелге асырылады.
“Мўътабар аёл” көкирек белгиси менен жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында белсенди ҳәм  басламашылық көрсеткен, өзиниң нәтийжели мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўине ҳәм пәраўанлығы беккемлениўине, аналық ҳәм балалық қорғаўына мүнәсип үлес қосқан, орынларда руўхый-ағартыўшылық орталығын саламатластырыў ҳәм миллий қәдириятларымызды кең енгизиў барысында ибрәтлы искерлик алып барып атырған ҳаял-қызлар хошаметленеди. 
Көкирек белгиси менен хошаметленген шахслар ең кем ис ҳақының төрт есеси муғдарында бир жола төленетуғын пул хошаметлеўин алады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги Телеграмдағы @huqiqiymalimleme каналында хабар берди.
 
    2018-04-03 13:02:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine