Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Волгоградтағы көшеге «Қарақалпақстан» атамасы берилди



Дүнья жүзи халықларының 80 проценти жасайтуғын 61 мәмлекетти өзине қамтып алған Екинши жер жүзилик урыстың тамамланғанына быйыл 73 жыл болды. Онда Қарақалпақстан Республикасынан 60 мыңнан аслам ер-азамат қатнасқан болса, соннан 34 мыңы қайтыс болды. Ал, 20 мыңы фронт артында хызмет етти.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Қәҳарманлық ҳәм пидайылық» атамасындағы «мәнаўият сааты» даўамында Екинши жер жүзилик урыстың усы сыяқлы аянышлы ақыбетлерине тоқтап өтилди. 9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»не бағышланған илажда тарийх илимлериниң кандидаты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети археология кафедрасының доценти Ж.Айтмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық орайының баслығы Қ.Юсупов, Аўғанстанда хызмет еткен жаўынгерлер Ассоциациясы баслығының орынбасары А.Бекмуратовлар баянатлар оқып, бурын айтылмаған урыс дәўири тарийхы бойынша ашылып атырған жаңалықлар туўралы пикир-усынысларын билдирди. – Екинши жер жүзилик урыстың Сталинград босағасында болған саўашында 13 мыңнан аслам қарақалпақстанлы жаўынгерлер қатнасқан, – дейди Ж.Айтмуратов. – Усы жерде қайтыс болған мыңлаған жерлеслеримиздиң ҳүрметине ҳәзирги Волгоград (бурынғы Сталинград) қаласының орайлық көшесине «Қарақалпақстан» атамасы берилди, делинген мағлыўматта.
 
    2018-05-08 12:09:33 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine