Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Вақф» қайырқомлық фонды Қарақалпақстанда



Журтбасшымыз Ш.Мирзиёевтың басламасы менен Өзбекстан мусылманлары басқармасы қасынан «Вақф» қайырқомлық фонды шөлкемлестирилген еди.
Қайырқомлық фонды шөлкемлестирилгеннен баслап Өзбекстанның көплеген орынларында болып, сақаўат ҳәм нураныйлар үйлери, емлеўханалар, наўқаслар, мектеп-интернатлары, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақларға бийғәрез жәрдемлер көрсетип келмекте.
Фондтың “Меҳир-мириўбет кәрўаны” республикамызда болып, Нөкис қаласындағы Имам ийшан Муҳаммад жоме мешитинде республикамызағы кем тәмийинленген 100 шаңараққа азық-аўқат өнимлерин, 15 нәгиранға нәгиранлық арбашасын, Нөкис медресесинде тәлим алып атырған барлық талабаларға ыссы кийимлер ҳәм усы медреседеги еки талабаның контракт пулын төлеў, сондай-ақ, фонд тәрепинен Нөкис қаласы мәкан пуқаралары жыйынларында жасаўшы 4 шаңарақтың турақ жайларын ремонтлап бериў режелестирилди ҳәм мешит имам-хатиблерине диний-мәрипий ҳәм әдебий китаплар берди.

Исламатдин Алланов,
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.
    2018-11-07 12:17:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine