Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Усы жылғы тест сынақларында өзгерислер көп



«Ўзбекистон» телеканалында эфирге берилген  «Муносабат» ток-шоуының бүгинги саны Жоқары оқыў орынларында болатуғын тест сынақларына арналды. Көрсетиўде эксперт сыпатында қатнасқан блогер Хушнудбек Худойбердиев өз жуўмақлары менен «Телеграм»дағы каналында бөлисти.
«Көрсетиўде төмендегилер белгили болды:
- усы жылы барлық пәнге 2.1 баллдан берилиўи ҳаққындағы гәплер – тек ғана мыш-мыш, ҳақыйқат емес. Алдынғыдай, 1.1, 2.1 ҳәм 3.1 баллдан бериледи;
- тест сынақларынының 1-күни түскен сораўлар кейинги күнлерде түспейди;
- 15 күн даўамында SMS хабарлар ҳәм телефон байланысы өширилип қойылмайды, ал, республика бойлап тест болатуғын 57 үлкен павильонларға байланысты үзетуғын қурылмалар орнатылыўы режелестирилип атыр;
- барлық аймақлардағы тест сораўлары китабы Ташкентке арнаўлы фельдъегерлик хызметлери арқалы самолётларда әкелинеди ҳәм Ташкентте тексериледи;
- тест жуўаплары ертеңине ДТМ сайтында жәрияланады, алдынғыдай тест өткерилген имаратқа жуўап бетлери қыстырылмайды. Себеби, ертеңине ол жерде басқа тестлер өтип атырған болады;
- усы жылдан баслап пүткил республикада тестке шпаргалка, телефон ҳәм т.б. алып кириўге ҳәрекет қылған абитуриент сол ўақыттың өзинде тесттен шетлетиледи. Алдынғыдай, кеширимли болып, телефонын алып қойып, оны номерленген конвертке салып, абитуриенттиң өзин тестке киритип жибериў болмайды. Алып кириўге ҳәрекеттиң өзи акт дүзип, шетлетиўге себеп болады;
- тест сынақлары күндизги, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки (сменалы) тәлим формасы ушын ҳәр жылы 1-августтан 15-августқа шекем болған мүддетте, қағыйда бойынша, күнине еки сменада өткериледи. Биринши смена саат 08:00 де, екинши смена саат 15:00 де басланады;
- тест тапсырмаларын орынлаў ушын 30 тест тапсырмасына 1 саат, 60 тест тапсырмасына 2 саат, 90 тест тапсырмасына 3 саат ўақыт белгиленеди. Бунда итибар бериў керек, бул ўақыт жуўаплар бетин толтырыў менен бирге берилмекте. Алдынлары, сораўларды ислеў ушын бөлек ўақыт, кейин жуўаплар бетин толтырыў ушын бөлек ўақыт берилетуғын еди. Ҳәзир мине усы 1 саатқа белгилеў де кирип кетеди, сол себепли, абитуриентлер буны итибарға алыўы керек;
- айтыўына қарағанда, тест өтетуғын павильонлардағы камералар 31-июль күни жағып қойылады ҳәм 16-август күни өшириледи;
- тест сынақлары процесслери интернет арқалы трансляция болады ҳәм имканы болса республика ҳәм жергиликли телеканаллар арқалы туўрыдан-туўры көрсетиў де режелестирилмекте», делинген хабарда.
    2018-05-11 07:27:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine