Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Урыс қатнасыўшыларына ҳүрмет көрсетилди



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан пайтахтымызда жасайтуғын бир қатар Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.
Республикамыз басшысы дәслеп «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, урыс ҳәм мийнет ветераны Нурылла Абдуллаевтың шаңарағында болып, 9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң  73 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Усы мүнәсибет пенен Президентимиздиң естелик саўғасы қол саатын, Өзбекистан Республикасы Президенти атынан 5 000 000 (бес миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай  сыйлықты салтанатлы жағдайда тапсырды. Сондай-ақ, пайтахт ҳәкимлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлердиң атынан да саўғалар тапсырылды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры артистлериниң, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы урыс жылларының қосық ҳәм намалары илажға айрықша сән бағышлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов усы күни сондай-ақ, Нөкис қаласы А.Қодирий көшесинде жасаўшы, урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нармановтың шаңарағында  да болып, оған саўғалар тапсырды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
 
    2018-05-04 06:06:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine