Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Юридикалық шахс шөлкемлестирместен шуғылланыў мүмкин болған искерлик түрлери кеңейди



Ҳүкиметтиң 22-октябрьдеги қарары менен жеке исбилерменлер юридикалық шахс шөлкемлестирмеcтен шуғылланыўы мүмкин болған искерлик түрлери дизимине өзгерис киргизилди, деп хабар берди Әдиллик министрлиги.
Киритилген өзгерислерге муўапық, юридкалық шахс шөлкемлестирместен шуғылланыў мүмкин болған искерлик түрлери дизимине төмендеги искерлик түрлери қосылды:
- көшпес мүлк объектлеринде аралас усақлап саўда ислеў (ўақтынша жайласқан ҳәм мәўсимли ямаса мақсетли әҳмийетке ийе болған, сондай-ақ, жумыс күни тамам болғанынан кейин объектти демонтаж қылыўды ҳәм көширилиўин талап етиўши объектлерде);
- усташылық жумыслары (халық буйыртпалары бойынша усташылық жумысларын әмелге асырыў);
- металды оңлаў жумыслары (үй шәраятында металдан таярланған хожалық буйымларды оңлаў (гилтлердиң дубликатларын таярлаў, зонтик оңлаў, басқа хожалық металл буйымларды әпиўайы оңлаў);
- ағаш усташылығы (балалар майданшалары ҳәм парк зоналары ушын ағаштан жасалған қурылмалар, ҳәйкеллер);
- гезлемелерге нағыслар салыў (гезлемелер ҳәм кийим затларын қола бояў, гезлемелерге, сол қатары трафаретли баспа ҳәм қолда сүўрет сызыў усылы менен сүўретлер салыў).
    2018-10-24 11:08:39 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine