Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Турмыслық шығындыларды алып кетиў ушын жаңа тариф баҳалары енгизилди



Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУК тәрепинен көрсетилетуғын күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм тийисли орынларға алып кетиў хызметлери ушын жаңа тариф баҳалары тастыйықланды.
Бул ҳаққында усы жылдың 7-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң “Күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм топлап алып кетиў хызметлери ушын жаңа тариф баҳалаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы 1-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық буннан былай Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУК тәрепинен көрсетилетуғын күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм тийисли орынларға алып кетиў хызметлери ушын төленетуғын жаңа тариф баҳалары физикалакалық шахслар, яғный 1 пуқара ушын айына – 2100 сум, ал юридикалық шахсларға 1 м3 ушын 40 000 (қосымша қун салығы менен 48 000)  сум етип белгиленди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, усы күнге шекем бул төлемлер 1800 сум ҳәм 36 000 сумды қураған еди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
 
    2019-01-08 11:10:39 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine