Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Туркия пуқаралары ушын Өзбекистанға кириў визасын алыў аңсатластырылды



Өзбекистан Республикасының Туркия Республикасы менен сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений шерикшилигин активлестириў ушын усы жылдың 21-октябрь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң «Туркия Республикасы пуқаралары ушын визаға байланыслы процесслерди әпиўайыластырыў ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды. Бул ҳаққында Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети хабар бермекте.
Бул ҳүжжет визаларды рәсмийлестириў процессин жетилистириўге хызмет етеди. Сондай-ақ, мәмлекетимизге туристлик ҳәм исбилерменлик мақсетлеринде келип атырған Туркия пуқаралары ушын қолайлықлар жаратады. Исбилерменлик мақсетлеринде Өзбекистанға келип атырған Туркия пуқараларына берилетуғын, бир жылға шекемги болған мүддет ушын көп мәртелик визалар Өзбекистанның сырт елдеги мекемелеринде 3 жумыс күнинде (ҳүжжет тапсырылған күн есапқа алынбай) рәсмийлестириледи. Бунда мирәт етип атырған юридикалық шахстың Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министрлигине мүрәжат етиў талабы бийкарланбақта.
Сондай-ақ, Өзбекистанға бир айға шекем болған мүддетке туристлик мақсетте келип атырған Туркия пуқараларына визалар да 3 жумыс күнинде (ҳүжжет тапсырылған күн есапқа алынбай) рәсмийлестириледи. Бул жағдайда Туризмди раўажландырыў мәмлекет комитети ҳәм республиканың басқа туристлик шөлкемлери ваучерлерин усыныў талабы бийкарланбақта.
 
    2017-10-23 12:21:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine