Туркия Президенти Өзбекстанға келеди
Шавкат Мирзиёевтиң мирәтине муўапық Туркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған 29-апрель күни Өзбекстанға келеди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети Facebook’да хабар берди.
30-апрель күни Көксарайда болып өтетуғын сөйлесиўлерде саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм басқа тараўлардағы шерикшилик мәселелери сөйлесиледи. 1-май күни Туркия Президентиниң Бухараны зыяратлаўы режелестирилген. Президент Шавкат Мирзиёев 2017-жыл октябырьде Туркияға мәмлекетлик сапары менен барған еди. Бул Өзбекстан Президентиниң соңғы 18 жыл ишинде Туркияға әмелге асырған биринши сапары болды.