Турақ жайды турақ емес жайға онлайн өткериў мүмкин
Бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталында турақ жайды турақ емес жай тайпасына өткериў ҳаққында қарарды алыў бойынша хызмет усынылды.
Хызмет баҳасы ҳәм төлеў тәртиби
Арзаны көрип шығыў ушын мәмлекет бажы төмендеги муғдарларда төленеди:
- Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайлары ушын ең кем айлық ис ҳақысының 10%.
- Ташкент қаласына ең кем айлық ис ҳақысының 20%.
- Районлар ҳәм қалалардағы районлар аймағы ушын ең кем айлық ис ҳақысының 30%.
Хызметти көрсетиў мүддети: 8 күн ишинде. Хызметтен физикалық ҳәм юридикалық шахслар пайдаланыўы мүмкин.