Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Транспорт қуралларынан шығынды таслағаны ушын жәрийма көбейтилди



Транспорт қуралларынан шығында ямаса басқа нәрселерди таслап жибергени ушын белгиленетуғын жәриймалар асырылды. Поездлердиң вагонлары, автотранспорт ҳәм қала жолаўшылар транспортынан шығынды ямаса басқа нәрселерди таслап жибериў ең кем айлық ис ҳақысының бестен бир бөлегинен бир есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады. Бул ҳаққында Turon24 хабар берди.
«Қоршаған орталықты қорғаў, тәбийий ресурслардан, сол қатары, ишимлик суўынан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликтиң күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 123-статьясына өзгерис киргизилди.
Алдын бул нызам бузылыўы ең кем айлық ис ҳақысының оннан бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекем муғдарда жәрийма салыў менен жазаланатуғын еди.
    2018-10-12 12:10:23 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine