Транспорт қураллары 30 күнге шекем ижараға бериледи
Ҳүкимет қарары менен Жеңил автомобиллер ҳәм мототранспорт қуралларын қысқа мүддетли ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы нызам тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Бул нызамға муўапық, жеңил автомобиллер ҳәм мототранспорт қуралларын қысқа мүддетли ижараға бериў шәртнамасы 30 күннен артық болмаған мүддетке жазба түрде дүзиледи.
Қысқа мүддетли ижара шәртнамасын нотариал рәсмийлестириў ҳәм Мәмлекетлик Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети органларынан дизимнен өткериў талап етилмейди.
Қыска мүддетли ижара шәртнамасында тәреплер, яғный ижараға бериўши юридикалық шахс, ижараға алыўшы (ижарашы) болса физикалық шахс болады.
Шәртнама дүзиў ушын ижараға алыўшы ижараға бериўшиге төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
– паспорт;
– айдаўшылық гүўалығы;
– медициналық тексериўден өткени ҳаққында мағлыўматнама;
– гиреў депозити киритилгенин тастыйықлаўшы ҳүжжет.
Қысқа мүддетли ижара шәртнамасының мүддети тамамланғаннан соң транспорт қуралы ижараға бериўши тәрепинен тапсырыў ҳәм қабыллаў дәлалатнама тийкарында қабыллап алынады.