Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Төрткүлде жигит шегип отырған сигаретасының кесиринен қайтыс болды



Өзбекистанда ҳәптениң ҳәр сәршембиси «Өртлер профилактикасы күни» деп белгиленди. Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы ҳәм оның қала ҳәм районлық бөлимлериниң хызметкерлери тәрепинен кең тусиник жумыслары алып барылмақта.
Бирақ, ҳәзирги ўақытта үгит-нәсият жумысларының орынларда турақлы түрде әмелге асырылып барылыўына қарамастан, айырым жерлерде еле де түсинбеўшилик жағдайлары ушыраспақта. Атап өткенде, өткен жыл 17-ноябрь күни Төрткүл районындағы «Тазабағжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, 1981-жылы туўылған пуқараға тийисли болған саўда дүканында оның иниси, 1987-жылы туўылған пуқара мәс ҳалында келип, ол жерде сигарета шегип отырып, уйқылап қалыўы ақыбетинде сол дүканның 2 метр квадрат полы ҳәм бир дана гилеми сигареттиң шоғынан жанып кеткен ал, пуқара ўақыя жеринде пуқара қайтыс болған, деп хабар берди Өрт қәўипсизлиги басқармасы баслығының орынбасары, подполковник М.СЕЙДУЛЛАЕВ. Өрт қәўипсизлиги басқармасы пукараларды өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибарлы болыўға шақырады.
 
    2018-02-09 07:30:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine