Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Төрткүл районында Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратының қурылысы басланды



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы «Өзбекстан Республикасы Президентиниң районлар (қалалар)дағы Халық қабыллаўханалары жанындағы Мәмлекетлик хызметлер орайларының имаратларын мәмлекетлик–жеке-меншик шериклиги шәртлери тийкарында қурылысын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-3701-санлы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районында Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты қурылыс жумыслары баслап жиберилди.  Бул ҳаққында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хабар бермекте.
Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты қурылысы Төрткүл районында жумыс алып барыўшы “Мустаф Фарм” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып, имараттың биринши қабатында Мәмлекетлик хызметлер орайы, екинши қабатында саўда орайы, үшинши қабатында мийманхана қурыў режелестирилген.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик хызметлер орайына тутас жер майданларында инвестор тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-июнь күнги “Дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спортты жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-3031-санлы қарарына тийкар спорт майданшаларын қурыў және аймақты абаданластырыў нәзерде тутылған. 
 
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
 
    2018-10-04 12:16:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine