Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Toqpaq ata»da balalar baqshası qurılmaqta



Derek: karakalpakstan.uz
 
Мойнақ районы “Үшсай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Тоқпақ ата” аўылында бос турған имарат тийкарында жергиликли халықтың қол көмеги жәрдеминде 40 балаға мөлшерленген жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси бой тиклемекте.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине зәрүр болған қурылыс маетериалллары Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Мойнақ районында нызамшылықтың орынланыўын кадағалаў басқармасы ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен жеткерилип берилмекте.“Үшсай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан  5-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси менен “Тоқпақ ата” аўылыныӊ арасындағы қашықлық 8-9 шақырымды қурап, аўыл халқына сезилерли дәрежеде қолайсызлық туўдыратуғын еди. Имараттыӊ оӊлаў ҳәм қосымша тиклеў жумыслары дерлик өз жуўмағына жеткен болып, жаӊа балалалар бақшасыныӊ келеси айдыӊ орталарына пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте. Балалар бақшасы иске қосылыўы менен 8 пуқараныӊ бәнтлиги тәмийинленеди.

 
    2019-06-26 17:23:20 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine