Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Тебинбулақ кәнинде таў-кән комплекси қурылады



Тебинбулақ титан-магнит рудалары кәни базасында таў-кән комплексин қурыў режелетирилген болып, ол 2024-жылы пайаланыўға тапсырылады. Бул ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президентиниң 12-январьдағықарарында айтылған.
Кәрхананың жойбарлық қуўаты жылына 1 млн тонна полат ислеп шығарыўға белгиленген. Шойын ҳәм полат ислеп шығарыў бойынша алдағы технологияларды енгизиў режелестирилген. Бул дүзилме ҳәм мәкемелерге 1-апрельге шекем жойбарды әмелге асырыўшы финанслық дереклер бойынша усынысларды бериў тапсырылды.
Металлургия комбинаты қурылысында бас подрядчик сыпатында «Ўзбекистон темир йўллари» компаниясы белгиленген болып, жойбарды әмелге асырыў ушын халық аралық компаниялар тартылған ҳалда консорциум қәлиплестириў ҳуқықы берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев декабрь айында Қарақалпақстанға сапары даўамында жойбар қуны 810 млн долларды қураўын мәлим еткен еди. Екинши басқышта болса 940 млн доллар инвестиция киритиледи.
    2018-01-15 11:04:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine