Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкенттеги «Шаршара» колбаса цехында ешек гөшинен пайдаланылды



Бас прокуратура баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, өткерилген оператив илаж даўамында Хорезм ўәлаятынан Ташкент қаласына 69,6 кг ешек гөши Ташкенттиң Алмазар районында жайласқан «GOLD PREMIUM PRODUCT» ЖШЖға қараслы «Шаршара» атлы гөш өнимлери ислеп шығарыў цехына өткериў ушын алып келингенлиги анықланған. Бул ҳаққында uznews.uz хабар бермекте.
Сондай-ақ, бул гөш цех жумысшылары тәрепинен басқа гөш өнимлерине қосылғанлығы анықланып, цехта бар болған 275 кг гөш өнимлери айғақлы дәлил сыпатында алып қойылған. Тийисли қәнигелердиң нәтийжесине қарағанда, алып қойылған гөш өнимлери тутыныўшылардың ден саўлығы ҳәм өмир қәўипсизилиги талапларына жуўап бермейтуғынлығы анықланған.
Бул жағдай бойынша Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, ҳәзир айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыўға қаратылған керекли оператив-тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
 
    2017-12-11 12:21:17 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine