Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкенттеги профилактика инспекторларына шахсларды үйрениў ўазыйпасы жүклетилди



Ташкенттеги профилактика инспекторлары бириктирилген аймақтағы шахсларды үйренеди, делинген Ҳүкимет порталында жәрияланған Өзбекистан Президенти тәрепинен тастыйықланған жаңа Қарарда.
Ишки ислер бөлимлери басшыларына ғәрезсиз қарар қабыллаў ҳуқықы берилди. Ҳүжжетке бола, Ташкент қаласы ишки ислер органлары профилактика инспекторлары мойнына, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған ўазыйпалар менен бирге, жаңа ўазыйпалар жүклеў нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, профилактика инспекторлары ендигиден былай бириктирилген аймақта жасаўшы шахсларды үйрениў ҳәм келешекте олардың ҳәр бирине анти-социаллық ямаса басқа ҳуқыққа қайшы минез-кулқ бойынша индивидуал диагноз қойыў ҳәм профилактикалық әҳмийетке ийе тәсиршең шараларды көриў ҳуқықына ийе болады.
Сондай-ақ, мәҳәлледе криминоген жағдайды жақсылаўдың ең әҳмийетли факторы сыпатында бириктирилген аймақта исбилерменликти раўажландырыўға көмеклесиў ҳәм халық, әсиресе жаслар бәнтлигин тәмийинлеўге бағдарланған шараларды әмелге асырады.
    2018-02-15 07:31:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine