Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкентте Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық аўқамындағы биринши ESET академиясы ашылады



ESET компаниясы ҳәм Өзбекистандағы Soft-line Education оқыў орайы Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамында биринши ESET академиясын шөлкемлестириў ҳаққында келисим имзалады, деп жазады «ICT-News.uz». Бул ҳаққында Ташкенттеги Hyatt Regency мийманханасында болып өткен баспасөз конференциясында мәлим етилди. Soft-line Education оқыў орайы директоры Ирина Пактың айтыўынша, орайдағы оқыў курслары ESET компаниясы менен биргеликте ислеп шығылған. Муғаллимлердиң тәжирийбесин ҳәм оқыў орайының техникалық үскенелениўин есапқа алып, вендор оған ESET академиясы атын берген.
ESET академиясының бас мақсети тек ғана информация қәўипсизлиги қәнийгелериниң тәжирийбесин асырыў емес, бәлким, ESET өнимлери пайдаланыўшылары арасында кибер-саўатлылықты қәлиплестириўден де ибарат, - дейди Ирина Пак.
 
    2017-10-23 12:19:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine