Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкентте «Алтын қәлем»  XIII Миллий сыйлығын тапсырыў мәресими  болып өтти



3-май күни, Ташкентте «Алтын қәлем»  XIII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўдың жеңимпазларын ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Интернет журналистикасы бағдары бойынша ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлығының екинши орнына ЎзА хабаршысы, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Есимқан Қанаатов мүнәсип деп табылды. Буннан тысқары, Европа аўқамының – Орайлық Азия регионаллық экология орайы өз бағдарынан келип шығып, фотохабаршылар, баспа ҳәм электрон ҒХҚ журналистлеринде суўды үнемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар сәўлеленген «Суў-экология темасындағы машқалалар ҳәм олардың шешимлерине бағышланған ең жақсы материаллар ушын» үш сыйлық усынған еди. Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Есимхан Қанаатов усы номинацияның да жеңимпазы болды. Кәсиплесимизди бул сыйлығы менен қутлықлаймыз.
 
    2018-05-04 06:12:02 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine