Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкент ҳәм Душанбе келисти. Виза режими бийкарланады



Өзбекистан Республикасы Бас министри Абдулла Ариповтың Душанбеге сапары даўамында Өзбекистан ҳәм Тәжикстан мәмлекет шегаралары менен байланыслы көплеген мәселелер бойынша келисип алды. Атап айтқанда, виза мәселесинде ҳәм Фарҳод ГЭС мәселесинде келисимге ерисилген.
«АП» хабаршысы Тәжикстан ҳүкиметиндеги дерегине тийкарланып хабар бериўинше, жақын ўақыт ишинде еки республика ортасында «Пуқаралардың өз-ара сапарлары» ҳаққындағы ҳүжжетти тастыйықлаўы, оған бола, еки мәмлекет пуқаралары визасыз екинши мәмлекет аймағында болыўына рухсат берилиўи нәзерде тутылған.
Деректиң сөзлерине қарағанда, тәреплер жақын ўақытлар ишинде жолаўшы поездлар ҳәм автобуслар қатнаўын жолға қойыўды, сондай-ақ, өз-ара шегара аймағында жаңа бақлаў-өткериў пунктлерин ашыўды режелестирген.
Тәреплер Фарҳод ГЭСи мәселесинде де келисимге ерискен. Бул комплекс жайласқан аймақ Тәжикстан аймағы деп тән алынады, объект болса Өзбекистан мүлки есапланады. Объектти тәжик тәрепи қорықлайды, оған техникалық хызметлер Өзбекистан тәрепинен көрсетиледи. «Душанбедеги жыйналыс жуўмақларына бола, еки мәмлекеттиң тийисли министрликлерине Өзбекистан ҳәм Тәжикстан ортасында транспорт, коммуникациялар, саўда, экономика ҳәм шегаралар бойынша шерикшилик бойынша келисимлер жойбарларын таярлаў бойынша тапсырмалар берилген», - деген дерек.
Барлық келисимлер Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл бәҳәрде Душанбеге әмелге асыратуғын мәмлекетлик сапары ўақтында тастыйықланыўы күтилмекте, деп жазады kun.uz.
 
    2018-01-11 10:38:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine