Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкент метрополитенинде сүўретке түсиўге болады



Енди Ташкент метрополитенинде фотосүўретке ҳәм видеоға алыў қадаған етилмейди. Бул ҳаққында пресс-клубтың нәўбеттеги сессиясында қатнасқан   «Kun.uz» хабаршысы Туризмди рауажландырыў мәмлекет комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимовқа тийкарланып мәлим етти.
«Метрода да сүўретке алыў мүмкин. Ҳеш қандай шеклеў жоқ. Бизде дүньядағы ең сулыў метро бар, биз оны реклама қылыўымыз керек. Ҳәзирге шекем мүмкин емес еди, бирақ Президент булардың бәрлығын сүўретке алыў мүмкин екенин айтты», - деген Абдуҳакимов.
Ол сүўретке алыўды қадаған етиўши белги болмаған орынларда фото ҳәм видеосъёмка қылыў мүмкин екенин қосымша еткен.
    2018-02-08 12:10:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine