Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде Конфуций институты шөлкемлестириледи



Өзбекистан жоқары оқыў орынлары жанынан жәҳан тәжирийбесинде биринши мәрте аўыл хожалығы жөнелисиндеги Конфуций институты шөлкемлестириледи, деп хабар береди ЎзА.
Жаңа тәлим орнының искерлиги Ташкент мәмлекетлик аграр университети менен Қытай Халық Республикасының Синьцзян аграр университети ортасында жақында тастыйықланған меморандум тийкарында жолға қойылады.
«Мақсет университеттиң талантлы студентлерин Қытай университетлеринде аўыл хожалығы тараўында билим алыўы, профессор-муғаллимлер ҳәм студентлер алмасыўын әмелге асырыў, аўыл хожалығы тараўында илимий-изертлеў жумысларын биргеликте әмелге асырыўдан ибарат», - делинген хабарда.
Конфуций институты мәмлекетлик оқыў мәкемеси есапланып, Қытай университетлери ҳәм басқа мәмлекетлердеги университетлер шерикшилигинде дүзиледи. Бүгинги күни дүнья бойынша 500 ден артық Конфуций институты жумыс алып бармақта.
    2018-02-06 12:09:44 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine