Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ташкент халықаралық арбитраж орайы шөлкемлестирилди



Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы жанында Ташкент халықаралық арбитраж орайын (TIAC) шөлкемлестириў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем атағына ийе Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы жанындағы Ташкент халықаралық арбитраж орайы шөлкемлестирилди.
Оның тийкарғы ўазыйпасы соның ишинде, түрли мәмлекетлерде жайласқан коммерциялық шөлкемлери арасында жүзеге келетуғын даўларды, атап айтқанда, инвестициялар, интеллектуал мүлк ҳәм блокчейн технологиялары менен байланыслы даўларды халықаралық арбитраж арқалы шешиўди шөлкемлестириў есапланады.
Орайға арбитр сыпатында Өзбекстан пуқарасы болған қәнигелер менен бир қатарда сырт еллер пуқарасы болған маман арбитрлар да тартылыўы мүмкинлиги белгиленди.
Тәреплердиң келисимине көре, даўларды шешиўде Орай арбитрлары тәрепинен басқа, соның ишинде, сырт ел мәмлекетиниң хуқықы қолланылыўы мүмкин.
Орай қасында оның искерлигине халық аралық стандартларды енгизиўге көмеклесиў мақсетинде арбитраж тараўындағы жетекши халықаралық ҳәм жергиликли қәнигелерден, сондай-ақ, дүньяның тән алынған арбитраж орайлары арбитрларынан ибарат Бақлаў кеңеси шөлкемлестириледи.
Орайға Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы баслығы тәрепинен, қағыйдаға көре, жетекши сырт ел халықаралық арбитражларда арбитр сыпатында ислеў тәжрийбесине ийе шахслар арасынан тайынланатуғын баслық басшылық етеди.
Қарар менен сондай-ақ Орай искерлигин шөлкемлестириў менен байланыслы басқа шөлкемлестириў-техникалық илажлар белгилеп берилди.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
 
    2018-11-06 11:33:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine