Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Taqıyatas rayonında ámelge asırılǵan joybarlar



Derek:  qrmineconomy.uz
 
Тақыятас районы бойынша улыўма баҳасы 362 млрд. 610 млн.сўмлық,  40 жойбар әмелге асырылыўы ҳәмде 761 жаңа жумыс орны жаратыў белгиленген.
“Навойи КМК” МК улыўма баҳасы 24,6 млрд.сўм болған “Метални руҳлашни ташкил этиш” жойбары әмелге асырылыўы нәтийжесинде 50 жаңа жумыс орны жаратылды. Тақыятас районында 20 мыӊ тонна метал ислеп шығарыў қуўатына ийе. Жойбарды әмелге асырыўда Россия Мәмлекетинен үскенелери алып келинип орнатылған ҳәм ислеп шығарыў имәраты қурылған.
Тақыятас районында 33 мыӊ тонна ун өнимлерин ислеп шығарыў қосымша қуўатына ийе болған улыўма баҳасы 16,2 млрд.сўмлық “Атияж Гулзар” ЖШЖ “Бийдай унын ислеп шығарыўды кеӊейттириў” жойбары әмелге асырылыўы нәтийжесинде 20 жаңа жумыс орны жаратылды. Жойбарды әмелге асырыўда Туркия Мәмлекетинен үскенелери алып келинип орнатылған ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди сақлаў имәраты қурылған.
Тақыятас районында 8 200 м.кв. сэндвич панеллер ислеп шығарыў қуўатына ийе болған “GOLD-SANDWICH” ЖШЖ улыўма баҳасы 1,5 млрд.сўмлық “Сэндвич панеллер ислеп шығарыў” жойбарыныӊ иске түсирилиўи нәтийжесинде 5 жаңа жумыс орны жаратылды. Жойбарды әмелге асырыўда Қытай Мәмлекетинен үскенелери алып келинип орнатылған ҳәм ислеп шығарыў имәраты қурылған.
 
    2020-01-20 11:43:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine