Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Тақыятас унларының сапасы енди Қазақстан унларынан қалыспайды



Улыўма халықлық Наўрыз байрамы салтанатлары күнинде Тақыятас районы орайында “Atiyaj-Gulzar” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң дәнди қайта ислеў кәрханасы пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Бул кәрханаға Туркияның “Or-Tas” фирмасының улыўмалық баҳасы 1 миллион 50 мың АҚШ доллары болған заманагөй үскенелери алып келинип орнатылды. Суткасына 120 тонна дәнди қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған кәрханада 90 тонна ун, 30 тонна кепек ислеп шығарылмақта. 25 ҳәм 50 килограммлық “Бесқала”, “Stella” саўда белгиси астында шығаралып атырған ун өнимлери кәрхананың еки дана Isuzu маркалы жүк автомашиналарында Арал бойының барлық қала ҳәм районларындағы, сондай-ақ, Хорезм ўәлаятының саўда орайларына жеткерип берилмекте.
Кәрханада “Бесқала”, “Stella”дан тысқары жақын күнлерде “Тумар” саўда белгиси астында ун өнимлери ислеп шығарыла баслайды.
Жаңа кәрхана жумыс баслаўы менен 60 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Олардың көпшилигин жаслар қурайды.
 
    2018-03-28 07:11:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine