Тақиятаслы командир «Жасорат» медалы менен сыйлықланды
Сәне мүнәсибети менен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы ишки ислер органлары хызметшилери күни мүнәсибети менен бир топар хызметшилерди сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы жәрияланды.
Жақсы жаңалықтың бири, Президент пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Тақиятас районы әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлими командири Отамбетов Махмут Бегдуллаевич «Жасорат» медалы менен сыйлықланды.