Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Тақиятас Ыссылық электр станциясына GE газ турбиналары ҳәм генераторлары алып келинди



General Electric компаниясы Тақиятас ыссылық электр станциясын модернизациялаў ушын үскенелердиң биринши нәўбетин жеткерип бериў ислерин жуўмақлады, деп хабар берди «Газета.uz».
Модернизация шеңберинде қурылып атырған еки жаңа блок ушын еки дана газ турбинасы ҳәм еки генератор жеткерип берилген. Бул жойбар GE ҳәм Қубла Кореяның Hyundai Engineering ҳәм Hyundai Engineering and Construction компаниялары консорциумы тәрепинен әмелге асырылмақта.
Жойбарда улыўма қуўатлылығы 580 МВт болған еки пуў-газ үскенеси қурылысы нәзерде тутылған. Пуў-газ үскенесиниң биринши нәўбетин иске түсириў 2020-жылға режелестирилген. Модернизация шеңберинде GE ҳәр бири GT13E2 газ-турбина қурылмасы, пуў турбинасы ҳәм генераторлардан ибарат еки тийкарғы үскене комплектин жеткерип бериў күтилмекте.
Бүгинги күни Тақиятас ыссылық электр станциясы белгиленген қуўаты 730 МВтты қурайды. Биринши энергоблок 1956-жылы, соңғысы (бесиншиси) болса 1990-жылы пайдаланыўға тапсырылған.
    2018-11-14 12:14:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine