Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Тахтакөпирде өткен жылы жуўмағы бойынша Муўапықластырыўшы Кеңестиң мәжилиси болып өтти



Район ҳәкимиятының мәжилислер залында район аймағында  өткен жыл  даўамында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың  алдын алыў, оған қарсы гүресиў, ҳуқық тәртибин беккемлеў бойынша әмелге асырылған ўазыйпалардың жуўмағы, жынаятлардың өсиў себеплерин үйрениў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған илажлар көриў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеўге бағышланған Муўапықластырыўшы Кеңестиң мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында «Тахта таңы» хабар бермекте.
Район аймағында улыўма жынаятшылық 77 ден 39 ға кемейген. Өткен жыл даўамында жынаятшылықлар  жүз берген мәкан пуқаралар жыйынлары  сынға алынды.
Мәжилисте жүз берген жынаятлар  ашық айдын айтылыўы менен бирге, бул жыйын аймақларында  еледе халық пенен бирге ислесиў, жынаятшылықтың алдын алыўда  ислениўи керек ўазыйпалар белгиленди.
 
    2018-02-01 10:43:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine