Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Тахтакөпирде «агрокомплекс» шөлкемлестирилмекте



«Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 540 гектар жер майданына «Агрокомплекс Қарақалпақстан» жуўапкершилиги жекленген жәмийети «Өзбекистан-Америка» қоспа кәрханасы қурылысы  басланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти. Шарўашылық комплексин қурыў ушын Қарақалпақстан Республикасы архитектура ҳәм қурылыс комитети тәрепинен оның жойбары тастыйықланған. Жойбар баҳасы 3 млн. АҚШ долларын қурап, 700 мың АҚШ долларлық шет ел инвестициясы киргизилди. Жойбар еки басқыштан ибарат болып, оның 1-басқышында шеттен 700 бас нәсилли қарамалларды алып келиў, 2-басқышында болса, шеттен 2 мың бас нәсилли қой алып келиў нәзерде тутылған. Жойбар әмелге асырылғаннан кейин мийўе-овощ, гөш, сүт, қарамаллар ушын от-жем дәреклерине болған талаплар қанаатландырылады.
Сондай-ақ,  усы жылдың ноябрь-декабрь айларында гидро-поника техникасы тийкарында ыссыханалар қурыў, бийдай ҳәм салыны қайта ислеў ҳәм гөш өнимлерин қайта ислеў мақсетинде шеттен үскене сатып алыў келиниўи режелестирилмекте.
Шарўашылық тараўын  раўажландырыў мақсетинде қарамал, қой ҳәм ешки бағыў және түйешилик тараўлары кең түрде жолға қойылады.
Бүгинги күнде кәрханада 20 турақлы жумыс орны жаратылған болып, келешекте комплекс иске түскеннен кейин 100 ден аслам жумыс орны жаратылады.
 
    2018-02-05 12:55:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine