Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Сыртқы ислер министрлиги Қырғызстанға баратырған Өзбекстан пуқараларына мүрәжат пенен шықты



Қырғызстан Республикасы Ҳүкиметиниң 2016-жыл 19-декабрьдеги 689-санлы «Шет ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы жоқ шахслардың Қырғызстан аймағында дизимнен өтиўи» ҳаққындағы қарарына муўапық, шет еллилер, сол қатары Өзбекстан пуқаралары да Қырғызстан Республикасы мәмлекет шегарасын кесип өткен күннен баслап 5 (бес) жумыс күни даўамында дизимнен өтиўлери шәрт, деп хабар бермекте Сыртқы ислер министрлиги мәлимлеме хызмети.
Қырғызстан аймағында орнатылған тәртиплерге әмел етпеген шахсларға Қырғызстан Республикасы нызамшылығында белгиленген 10 000 сом муғдарында жәрийма жазасы қолланылады ( Орайлық банк: 1 KGS = 116.94).
Атап өтилиўинше, толық мағлыўматты Өзбекстан Республикасының Қырғызстан Республикасындағы елшиханасы рәсмий веб-сайтынан (www.uzbekistan.kg) ямаса елшихананың консуллик бөлимине төмендеги телефон арқалы мүрәжат етип алыў мүмкин: +996 (312) 986-296.
    2018-05-11 07:26:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine