Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Суйылтылған газ баҳасы көтериледи. Аймақлар бойынша баҳалар



Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги 1033-қарары менен суйылтылған газ сатыў ҳәм жеткерип бериўде өз мәпинде пайдаланыўдың алдын алыў мақсетинде халыққа суйылтылған газди сатыў баҳалары белгиленди. Бул Қарар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 4-сентябрьдеги «Валюта базарын либералластырыў шәраятларында экономиканың базалық тараўларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың биринши нәўбеттеги ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3253-санлы қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабылланған, деп  хабар бермекте kun.uz.
Қарарға бола, 2018-жыл-апрельден халыққа сатылатуғын 1 килограмм суйылтылған газдиң баҳасы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында 720 сўм, Андижан, Наманган, Ферғана, Ташкент ўәлаятларында 700 сўм, қалған аймақларда 500 сўм етип белгиленген.
2018-жыл 1-августтан баслап болса Республиканың барлық аймақларында суйылтылған газ халыққа 1 кг ушын 800 сўмнан жеткерип бериледи.
Мағлыўмат ушын, ҳәзир 1 кг суйылтылған газ баҳасы 372 сўм.
Қарарда Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекистан нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў мәмлекет инспекциясы ҳәм Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекет комитети бул қарар менен белгиленген бирден бир усақлап сатыў баҳасы, сондай-ақ, халыққа күнделикли турмыста тутыныў ушын «Ўзтранс» АЖ ямаса оның газ тәмийнаты бойынша аймақлық филиаллары арқалы сатылатуғын суйылтылған газдиң ажыратылған көлемлер шеңберинде жеткерип берилиўи ҳәм бөлистирилиўиниң системалы бақлаўын тәмийинлеўи белгиленген.
    2018-01-04 12:19:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine