Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Суўдан нызамсыз түрде пайдаланыўшылар анықланбақта



Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасының мағлыўмат бериўинше, жақында, көп муғдарда мәмлекетлик мүлкке зыян келтирилген еки факт анықланып, нызамбузыўшылар тийисли жазаға тартылды.
Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы кәрхана ишимлик суў тәмийнаты тармағынан нызамсыз түрде пайдаланбақшы болып, улыўма пайдаланыўдағы ишимлик суў тармағына тийисли тәртипте шәртнама дүзбестен, суў есаплағыш үскенесин орнатпай турып өзбасымшалық пенен жалғап пайдаланып келген. Бюро тәрепинен өткерилген илаж даўамында бул кәрхананың өткен дәўир даўамында 21 миллион 545 мың сумлық ишимлик суўынан нызамсыз түрде пайдаланған. Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы «және бир кәрхана тап усы түрдеги жынаятты ислеп, мәмлекетке 45 миллион 180 мың сум зыян жеткерген. Кәрханаларға мәмлекетке жеткерилген зыян толық төлетилген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти. Суўдан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын анықлаў жумыслары Бюро тәрепинен даўам еттирилмекте.
 
    2018-10-04 12:17:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine